Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2021 11:51
  • 1624

Ибрайым Юсупов ҳаққында фильм сүўретке алынады

Ибрайым Юсупов ҳаққында фильм сүўретке алынады

Өзбекстан Кинематография агентлиги буйыртпасы тийкарында «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Ашық аяз» ҳүжжетли фильми сүўретке алынады.

Бул фильм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналады. Фильм Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен сүўретке алынып атырған «Халық жүреги» дүркин фильмлериниң бири есапланады.

Сценарий авторы Муратбай Нызанов, режиссёр Әзиз Асқаров, оператор Әсенбай Асқаров. Фильмде шайырдың жасаған дәўири, жазыўшы, шайырлар ҳәм шәкиртлериниң интервьюларынан пайдаланылады.

Мағлыўмат ушын, «Халық жүреги» жойбары тийкарында буннан алдын қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында ҳүжжетли фильм сүўретке алынып атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл