Telegram karinform

Спорт

  • 19.04.2021 12:21
  • 1373

Қарақалпақстанлы спортшы Токио олимпиадасына жолламаны қолға киргизди

Қарақалпақстанлы спортшы Токио олимпиадасына жолламаны қолға киргизди
Ташкент қаласында жүзиў бойынша Өзбекстан ашық чемпионаты болып өтти.

Чемпионатта жерлесимиз, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Әдилбек Юсупбаев 100 метрге баттерфляй усылында жүзиў бойынша олимпиада нормативин орынлады.

Университет баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Әдилбек 51,71 секунд нәтийже көрсетип (олимпиада нормативи 51,96 секунд), Токио олимпиадасы жолламасын қолға киргизди.

Еслетип өтемиз, Әдилбек Юсупбаев Нөкис олимпия резервлери колледжинде оқып жүрген ўақтында Өзбекстан чемпионатында 9 алтын медальды қолға киргизип, тарийхый нәтийже көрсеткенлиги, сондай-ақ, Азия чемпионатында жеңимпазлар қатарынан орын алғаны халқымызды қуўанышқа бөлеген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт