Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2021 16:55
  • 988

Қарақалпақстаннан 118 пуқара Қазақстанда жумыс ислеў ушын жиберилди

Қарақалпақстаннан 118 пуқара Қазақстанда жумыс ислеў ушын жиберилди
Өзбекстан пуқараларын сырт еллерде жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм Қазақстан Республикасының жумыс бериўшилери арасында келисимге ерисилген еди.

Усы келисим тийкарында Қарақалпақстан Республикасынан 118 пуқара «Даўыт ата» шегара посты арқалы ири қурылыс объектлеринде белгиленген эпидемиологиялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс ислеў ушын Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласына шөлкемлескен тәризде жөнеп кетти.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Карақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлери тәрепинен жумыс ислеўге баратырғанларға тийисли түсиниклер берилди.

Мағлыўмат ушын, сырт еллерде жумыс ислеў бойынша Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм оның Қарақалпақстандағы филиалына мүрәжат етиў және толық мағлыўматларды алыў имканияты бар.

Буның ушын төмендеги көрсетилген телефон номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги: 1282 қысқа номери ямаса +99871 202 33 55, +99871 200 00 61

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасындағы филиалы: +99861 222 53 32, +99861 222 53 34

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл