Усы жылдың 22-март күнинен 23-март күнине өтер түнде Елликқала районы «Елликқала» АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Ниязимбетов Ахмад Нурматовичке тийисли болған, усы аймақта жайласқан қой қора ишиндеги 440 (төрт жүз қырық) бас қой-қозылары ҳәм ешки-ылақлары менен белгисиз себеплерге байланыслы жанып кеткен.
Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының мәлим етиўинше, усы жағдай бойынша 2021-жыл 19-апрель күни Елликқала районлық ИИБ тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 173-статьясы 2-бөлим «в» бәнти менен жынаятлы ис қозғатылды.
Ҳәзирде дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Елликқала районы ҳәкимлигиниң мағлыўмат бериўинше, усы жағдай бойынша алып барылған тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери даўамында сол күни пуқара А.Ниязимбетовқа тийисли қой ҳәм ешкилерди бағып, оларға қарап турыў Беруний районы «Ахунбабаев» АПЖ амағында жасайтуғын пуқара О.У.ға тапсырылған болып, сол ўақытта ол усы өрт келип шыққан қой қорадан шама менен 15-20 метр узақлықта жайласқан көшпели вагон ишинде жалғыз болғаны анықланды.
Сондай-ақ, ўақыя орны көзден өткерилгенде усы көшпели вагон ишинде от жағып, вагонның ишин жылытыў ҳәм аўқат писириў ушын арналған ошақ жайласқан болып, сол күни онда от жағылғаны анықланды.
Усы жағдай бойынша белгиленген суд-химиялық экспертизасының жуўмағына муўапық, «газ-суйықлық храмотографиясы усылы жәрдеминде үлгилер еритириўши хлороформға тән болған пиклер бақланды, нефть өнимлериниң излерине тән болған белгилер бақланбаған»лығы анықланған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz