Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2021 15:02
  • 1105

Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети менен бирге ислесиў мәселелери додаланды

Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети менен бирге ислесиў мәселелери додаланды
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети менен еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў мәселесине арналған онлайн форматтағы ушырасыў болып өтти.

Институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов пенен Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты директоры С.Пищов және басқа да жуўапкер тәреп ўәкиллери қатнасыўында болып өткен сөйлесиўлерде физика, математика, химия, биология ҳәм информатика тараўларында бирге ислесиў, профессор-оқытыўшылар, илимий излениўшилер, магистрант ҳәм студентлерди алмасыў, билим ҳәм қәнигелигин жетилистириў бойынша биргеликте алып барылатуғын жумысларды жолға қойыў мәселелери додаланды.
Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети менен бирге ислесиў мәселелери додаланды
Усындай ҳәрекетлердиң нәтийжеси сыпатында атап өтиў орынлы, ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының информатиканы оқытыў методикасы, аралықтан оқытыў ҳәм психология кафедралары профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий излениўшилерден ибарат 4 оқытыўшысы Беларусь мәмлекетлик технологиялық университетинде қәнигелигин жетилистирмекте.
Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети менен бирге ислесиў мәселелери додаланды
Еки тәреплеме сөйлесиўлерде жоқары оқыў орынларының қолға киргизип атырған табыслары ҳәм имканиятлары ҳаққында мағлыўматлар берилип, алдағы ўақытлары бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисип алынды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған