Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2021 11:35
  • 900

«Спутник V» вакцинасының дәслепки партиясы алып келинди

«Спутник V» вакцинасының дәслепки партиясы алып келинди
Өзбекстанға «Спутник V» вакцинасының дәслепки партиясы алып келинди. Вакцинаны елимизге жеткерип бериўде Россия тиккелей инвестициялар фонды әмелий жәрдем берди, деп жазбақта ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

Өзбекстан февраль айының орталарында Н.Ф.Гамалея атындағы Миллий эпидемиологиялық ҳәм микробиологиялық илимий-изертлеў орайы тәрепинен ислеп шығылған «Спутник V» вакцинасынан елимизде ғалабалық түрде пайдаланыў ушын сертификатлады ҳәм тастыйықлады.

Өзбекстанға халықты шаншыў ушын алып келинетуғын «Спутник V» вакцинасының ярымын өзбекстанлы исбилермен, миллиардер Алишер Усманов қаржыландырды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстанда апрель-июнь айларында 4 миллионға шамалас пуқараны «COVID-19»ға қарсы шаншыў жобаластырылған еди. 2021-жыл ақырына келип бул көрсеткиш 7 миллионға ямаса мәмлекет халқының шама менен 20 процентине шекем өсиўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған