Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде АК «Ипотека банк» Қарақалпақстан Республикалық филиалының жуўаплы хызметкерлери ҳәм пуқара М.Д. 2019-2020-жылларда М.Д.ның 18 ағайин-туўысқаны атына жалған мағлыўматлар арқалы ажыратылған 390 миллион сумлық кредит қаржыларын «М.Т.», «G.T.» ҳәм «А.Т.» ЖШЖларға өткерип, өзлестириў жолы менен талан-тараж еткени анықланған.
Сондай-ақ, АКБ «Агробанк» Әмиўдәрья филиалының жуўаплы хызметкерлери 2 пуқараның атына олардың хабарысыз жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестириў арқалы ажыратылған 37 миллион сумлық кредит қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткени анықланған.
Усы жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң 167-статьясы (талан-тараж етиў) ҳәм 209-статьясы (лаўазымының жалғанлығы) тийкарында жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz