Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.04.2021 17:49
  • 2829

Қарақалпақстанда Қызыл китапқа киргизилген цистанхе өсимлигин қытайлылар нызамға қайшы түрде терип алып атырғаны мәлим етилди

Қарақалпақстанда Қызыл китапқа киргизилген цистанхе өсимлигин қытайлылар нызамға қайшы түрде терип алып атырғаны мәлим етилди
Телеграм тармағындағы «Ekologuz» каналына жолланған хабарға муўапық, Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген Әмиўдәрья дельтасы, Қызылқум ҳәм Үстирт тегислигинде кең тарқалған ҳәм «шөл женьшени», «саҳрадағы өмир тамыры», «алтын тамыр» деп аталатуғын цистанхе өсимлигин Төрткүл районы «Анҳорли» МПЖ «Боғяп каналы» қурылысы ушын келген қытайлылар нызамға қайшы түрде жумысшыларға тергизип алдырмақта.

«Қарақалпақстан Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети усы ҳуқықбузарлықлардың алдын алып, емлик қәсийетке ийе өсимликлерди сақлап қалып, олардың нызамға қайшы түрде сырт еллерге шығып кетиўине жол қоймайды, деп исеним билдиремиз», - деп жазылған хабарда.

Хабарда қосымша етилиўинше, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы доценти Н.Мамутовтың сөзлерине қарағанда, 2 мың жылдан берли Қытай медицинасында пайдаланылып киятырған усы өсимлик көплеген кеселликлерге ем болып, өмирди узайтыў қәсийетине ийе. Цистанхе буўынлардағы аўырыўлар, бөтеке кеселликлерин емлеў, сондай-ақ, еслеў қәбилети ҳәм иммунитетти беккемлеў, нервти тынышландырыўда, әсиресе, бас мий өсимтесиниң алдын алыўда әҳмийетли дәрилик қәсийетке ийе болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған