Тақыятас ЫЭСтен \"Karinform.uz\"ға рәсмий мағлыўмат берилиўинше, 25-апрель күни саат 20:46 да станциядағы ашық бөлистириўши қурылмада қысқа тутасыў жүз бергенлиги себепли 1-санлы пуў-газ қурылмасы ҳәм 1-, 3-санлы турбогенераторлар автоматластырылған қорғаў системасының иске түсиўи нәтийжесинде өшип қалған.Ўақыя нәтийжесинде энергоүскенелерге ҳеш қандай зыян жеткерилмеген. Саат 21:23 те станцияда ашық бөлистириўши қурылманың жумысы қайта тикленген.
Энергоблоклар басқышпа-басқыш иске қосылып, энергосистемаға жалғанбақта.
Мағлыўмат ушын, социаллық тармақларда \"Тақыятас ЫЭС\" АЖда өрт келип шыққаны ҳәм буның ақыбетинде Қарақалпақстан Республикасының көпшилик аймақларында электр энергиясы менен тәмийинлеўде үзилис жүз бергени ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Электр станциясы ўәкиллериниң мәлим етиўинше, ыссылық электр станциясында ҳеш қандай өрт ҳәм усы сыяқлы айрықша жағдайлар жүз бермеген.
Буны ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы да тастыйықлады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz