Адамзат тарийхында өшпес из қалдырған Екинши жер жүзилик урыс өзи аз санлы деп есапланатуғын Қарақалпақстан Республикасы халқының басына да орны толмас қайғы-ҳәсирет алып келди. Елимизди фашист басқыншыларынан қорғаў ушын сол жыллары айырым дәреклерге қарағанда 63 мың, айырымларына қарағанда 78 мыңнан аслам Қарақалпақстанлы азаматлар қанлы саўаш майданларына атланып, олар усы саўашларда көплеген мәртлик ҳәм ерликлер көрсетти.
Бул аталарымыздың ислеген батырлықлары Армия командирлери ҳәм Республика ҳүкимети тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып, олар бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Ал, Орынбай Абдуллаев, Инаят Наўрызбаев, Жуман Қарақулов, Мақаш Балмағанбетов, Плис Нурпейисов, Жумағалий Қалдықараев, Михаил Булатов, Николай Махорин, Николай Сараев ҳәм тағы басқа да қарақалпақстанлыларға Советлер Аўқамының қаҳарманы жоқары атағы берилди.
Бизлер «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан, халқымызды усындай мәрт аталарымыздың басып өткен өмир жолы менен таныстырыўды мақсет еттик.
Усындай қаҳарман аталарымыздың бири Орынбай Абдуллаев еди.
1912-жылдың 5(18)-апрели күни Төрткүл районының Бағжап аўылында туўылған ол урысқа шекем колхозда жумыс ислейди. 1943-жылдың январында болса, Орынбай Абдуллаев Армия қатарына шақырылып, май айында фронтқа атланады.
Ол фронтта болған дәўирлеринде көплеген қаҳарманлық ҳәм ерликлер ислейди. Соның ишинде 1944-жылдың 18-июль күни түнде аға сержант Хакимьян Рахимович Ахметгалин басшылығындағы он жаўынгер менен бирге фронттың алдыңғы линиясына қарай барлаўшылар топары сыпатында жибериледи ҳәм Латвияның Лудза қаласы айланысында душпанлардың қоршаўына түсип қалады. Сан жағынан аз болыўына қарамастан бул топар ағзалары Сунуплява аўылы тусындағы 144-стратегиялық бийикликти мәртлерше қорғап турады. Көпшилик бул саўашта барлаўшылар топарының барлығы да қазаланды деп ойлайды ҳәм 1945-жылдың 24-март күни СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумының Пәрманы менен саўаш майданында немец-фашист басқыншыларына қарсы ерлик көрсеткени ушын Орынбай Абдуллаевқа өлиминен соң, «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аўқамы Қаҳарманы атағы бериледи.
Бирақ, бизиң жерлесимиз Орынбай Абдуллаев бул саўашта қазаланбаған еди. Ол саўашта контузия алып, жарадар ҳалында фашистлер қолына тутқынға түседи ҳәм Магдебург жанындағы концлагерге жибериледи.
Урыс тамам болғаннан соң ол Уфа қаласында жасап, соңынан туўылған жери Қарақалпақстанға қайтып келип, колхозда жумыс ислейди ҳәм 1989-жылдың 15-августында 77 жасында қайтыс болады.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz