Өзбекстан Республикасы Бас министири ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының буйрығына муўапық, 2021-жылдың 19-21-май күнлери Қарақалпақстан Республикасында (Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында) Тәжикстан Республикасы аймағында жайласқан Сарез көлиниң опырылыўы нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларда басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик структуралардың халықты ҳәм аймақларды қорғаўда биргеликтеги ҳәрекетлери бойынша командирлик-штаб оқыў шынығыўы өткериледи.
Оқыў шынығыўын кең көлемде ҳәм реал айрықша жағдайларға жақынластырылған ҳалда өткериў жобаластырылған.
Сол себебли, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы оқыў шынығыўы болып атырған ўақытта пуқаралардан артықша ҳаўлықпаға түспеўин ҳәм ҳәр түрли тийкарланбаған мағлыўматларды тарқатпаўын сорайды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz