Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.05.2021 11:18
  • 1218

ҚМУға оқыўға киргизбекши болған алдаўшылар усланды

ҚМУға оқыўға киргизбекши болған алдаўшылар усланды
Бас прокуратура жанындағы Департамент ҳәм МҚХның Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен өткерилген оператив илажда пуқара И.Ж., Ж.Х. ҳәм Д.Х.лар алдын ала тил бириктирип, пуқара Д.ны Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультетине таныслары арқалы оқыўға киргизиў есесине 5 000 АҚШ доллары муғдарындағы 3 000 АҚШ доллары ҳәм 20 милллион сумды алдаўшылық жолы менен алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьясы (пара бериў) менен жынаятлы ис қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.