Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.05.2021 15:16
  • 2583

Транспорт басқарыўшысына қол көтерген ЖПХ инспекторы ҳаққында мағлыўмат берилди

Транспорт басқарыўшысына қол көтерген ЖПХ инспекторы ҳаққында мағлыўмат берилди
Социаллық тармақларда «Қарақалпақстанда транспорт басқарыўшысына қол көтерген ЖПХ хызметкери» атамасында тарқалған видео бойынша ҚР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызмети рәсмий мағлыўмат жәриялады.

Мағлыўматта жазылыўынша, ўақыя усы жылдың 18-май күни саат 11:15 лерде Хожели районында жүз берген.

Тастыйықланған күнлик дислокация бойынша райондағы Нөкис гүзары көшесинде хызмет алып барып атырған ЖПХ инспекторы А.Е. тәрепинен мәмлекетлик белгиси «95 R 040 AA» болған «ISUZU» маркалы автотранспорт қуралы пиядаға жол бермегени ушын тоқтатылған.

Транспорт басқарыўшысы Т.Б.ға ислеген қағыйда бузыўшылығы бирнеше мәрте түсиндирилгенине қарамастан ол қол телефонына видеоға түсире баслаған.

Хабарда жазылыўынша, сол ўақытта транспорт басқарыўшысының әкеси автотранспорттан түсип, инспекторға ҳүжжетлерди алып келип берген ҳәм транспорт басқарыўшысының сораныўы менен ҳәкимшилик протоколы планшетке емес, қағазға толтырылған. Бирақ, транспорт басқарыўшысы протоколға қол қойыўдан бас тартқан.

Рәсмий мағлыўматта инспектор транспорт басқарыўшысының ҳуқықларын түсиндирип, қалыс гүўалардың қатнасыўында протокол жазбақшы болғанда қағыйда бузыўшылығын мойнына алмай, инспектордың ашыўын келтиргенлиги себепли ЖПХ инспекторының қолы транспорт басқарыўшысына тийип кеткенлиги атап өтилген.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша ЖПХ инспекторының үстинен хызмет тексериўи тайынланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл