Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.05.2021 19:17
  • 982

Быйыл мектеплерде «Соңғы қоңыраў» илажлары бола ма? Министрлик рәсмий мағлыўмат берди

Быйыл мектеплерде «Соңғы қоңыраў» илажлары бола ма? Министрлик рәсмий мағлыўмат берди
ӨзР Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен быйылғы жылы улыўма билим бериў мектеплерин питкерип атырған 438 мыңға шамалас питкериўшилер ушын «Соңғы қоңыраў» илажын карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда өткериўге рухсат берилди.

Министрлик ата-аналар ҳәм мектеп администрацияларынан усы илажды перзентлери ушын тек ғана унамлы сезимлер менен есленетуғын етип, көтериңки кейпиятта өткериўди өтиниш еткен. Соның менен бирге, орынларда ҳәр қыйлы наразылықлардың алдын алыў мақсетинде илажларды артықша қәрежетлерсиз, атап айтқанда, оқыўшылар арасында шаңарақлық шараятындағы парқты унамсыз тәризде көрсетиўге себеп болыўы мүмкин болған ҳәр қыйлы айырықша кийим-кеншек, безеў, саўғалар ҳәм усы сыяқлыларға көп муғдардағы қаржы сарпламастан бир-бирин қоллап-қуўатлаған ҳалда өткериўин сораған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,