Президент Ш.Мирзиёевтиң мектеп питкериўшилерине жоллаған өз қутлықлаўында питкериўшилерди ғәрезсиз өмирге таслап атырған дәслепки қәдемлери менен қутлықлап, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған 137 жоқары оқыў орны, 339 кәсип-өнер мектеби, 193 колледж ҳәм 196 техникум оларды қабыллаў ушын таяр екенлигин атап өткен еди.Бүгин, 25-май күни питкериўшилерге ҳақ жол тилеў мақсетинде Нөкис қаласындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилип атырған «Соңғы қоңыраў» илажында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри, экономика илимлериниң докторы Абдуқодир Тошқулов қатнасты.
Министр Президенттиң мектеп питкериўшилери жоллаған қутлықлаўын жеткерип, бәрқулла өз алдыларына жоқары шеклерди қойыў, ҳәр бир мәўритти бийкар өткерместен жаңа ҳәм инновациялық билимлерди излеў ҳәм келеси оқыўларында, өзлери сайлаған жоқары оқыў орынларына кириўде жоқары көрсеткишлерге ерисиўинде үлкен табыслар тиледи.
Илажға, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, биология илимлериниң докторы Муратбай Жуманов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниң докторы Ахмед Реймов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры, физика-математика илимлериниң докторы Байрам Отемуратовлар да қатнасты. Олардың илажға қатнасыўы мектеп питкериўшилерине мотивациялық руўх бағышлады.
Сөзге шыққан алымлар Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары да питкериўшилер ушын ашық екенлигин атап өтип, оларға жоқары нәтийжелер ҳәм әўмет тиледи.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz