Telegram karinform

Спорт

  • 31.05.2021 11:32
  • 1205

Мойнақта болып өтетуғын «Ралли Мойнақ-2021» жарысы ҳаққында мағлыўмат берилди

Мойнақта болып өтетуғын «Ралли Мойнақ-2021» жарысы ҳаққында мағлыўмат берилди
Усы жылдың 18-20-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен Мойнақ районында «Ралли Мойнақ-2021» автомобиль спорт жарыслары болып өтеди. Бул ҳаққында «New Muynak City» каналы хабар берди.

Жарыслар төмендеги класслар бойынша өткериледи:

1. Двигатель көлеми 1600 см кубқа шекемги «А-8» автомобиль класы бойынша;

2. Двигатель көлеми 2000 см кубқа шекемги «А-9» автомобиль класы бойынша;

3. Двигатель көлеми 2000 см кубқа шекемги «Багги»;

4. Двигатель көлеми 500 см кубқа шекемги мотоцикллер бойынша.

Мойнақ районы мийманханалары, аўқатланыў орайлары бойынша мағлыўматты +99897 788-96-67 телефон номери арқалы алыўыңыз мүмкин.

Жарысқа қатнасыўды қәлеўши спортшылар 2021-жылдың 6-июнь күнине шекем Ташкент қаласы, Юнусабад районы, 17-квартал, «Промзона» мәнзилинде жайласқан шөлкемлестириўшилерге алдын-ала буйыртпа бериўи керек. барлық спортшыларға ҳәм техникаларға (автомобиль, мотоцикл, багги) арнаўлы талаплар қойылады. Бул бойынша шөлкемлестириўшилердиң 71 223-73-02, 71 223-67-12 телефон номерлери арқалы анықлық киргизиўиңиз мүмкин.

2021-жылдың 6-июнь күнинен баслап Ралли штабы Қоңырат районы, С.Алланиязов көшесинде жайласқан «Ватанпарвар» шөлкеминиң оқыў-спорт техникалық клубында өз жумысын баслайды.

Штабтың телефон номерлери: +99899 950-68-22, 61 316-40-54.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

    Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью