Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, республикамызда 2021-жылдың январь-март айларында 2,1 мың адамның қайтыс болғаны дизимге алынған. 1000 халыққа салыстығанда өлим коэффициенти 4,4 промиллени қурады ҳәм 2020-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,4 промиллеге өскенлиги (2020-жылдың январь-март айларында 4,0 промилле болған) бақланған.
2021-жылдың январь-март айларында бақланған қайтыс болғанлардың 58,9 %и қан айланыў системасы кеселликлеринен, 11,5 %и өсимтелерден, 7,8 %и бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан, 3,8 %и ас сиңириў органлары кеселликлеринен, 4,4 %и дем алыў ағзалары кеселликлеринен, 1,2 %и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден ҳәм 12,4 %и болса басқа да кеселликлерден қайтыс болған.
Дизимге алынған 1 жасқа шекемги қайтыс болған балалардың саны 0,1 мыңды қурап, олардың 64,0 %и – перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлардан 11 %и дем алыў ағзалары кеселликлеринен, 14,0 %и туўма аномалиялардан, 3,0 %и бахытсыз ҳәдийсе, 4,0 %и жуқпалы ҳәм паразит кеселликлерден ҳәм 4,0 %и басқа кеселликлерден қайтыс болған.
Дилназа Калбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz