Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.06.2021 13:13
  • 1056

Быйылғы қабыллаўда дөретиўшилик имтиханлары алынатуғын бағдарларда тест сынақлары да бола ма?

Быйылғы қабыллаўда дөретиўшилик имтиханлары алынатуғын бағдарларда тест сынақлары да бола ма?
Өзбекстан миллий баспасөз орайында «2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларына таярлық жағдайы» атамасындағы баспасөз конференциясына Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Мәмлекетлик тест орайы ўәкиллери қатнаспақта.

Баспасөз конференциясында дөретиўшилик имтиханлар тапсырылатуғын бағдарлар ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы А.Маманазаров мағлыўмат берди.

- Дөретиўшилик имтиханлар жоқары оқыў орынларында өткериледи. Бунда имтиханларды онлайн тәризде бақлап барыў ушын видеобақлаў үскенелери орнатылады;

- Журналистика бағдарларында тек ғана дөретиўшилик имтихан нәзерде тутылмаған, яғный 2 тәлим бағдарына сәйкес ҳәм 3 мәжбүрий пәннен тест имтиханлары шөлкемлестириледи;

- Тек ғана педагогикалық тәлим бағдарларында дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлары менен биргеликте 3 мәжбүрий пәннен имтихан өткерилиўи белгиленген;

- Баҳалаў критерияларына муўапық, барлық формадағы имтиханларда ең жоқары балл 280,5 етип белгиленген.

Бийбиназ Сәрсенбаева,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,