1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Nukus Aqua Mir» аквапаркиниң ашылыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Илажға ҚР Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, район ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ашылыў салтанатында сөзге шыққанлар жыйналғанларды Халықаралық балаларды қорғаў күни менен қызғын қутлықлап, елимизде бахытлы балалықты тәмийинлеў ҳәм қорғаў мақсетинде исленип атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Аквапарктиң улыўма майданы 1 гектар болып, жойбарлық баҳасы 3,3 миллиард сумды қурайды.
Аквапарк байрам мүнәсибети менен балаларға бийпул хызмет көрсетип, оларды қуўанышқа бөледи. Сондай-ақ, көркем өнер шеберлери атқарыўындағы байрам концерти жыйналғанларға байрам кейпиятын уласты.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz