
Бүгин Жерге Қуяш плазмасы толқыны жетип келиўи прогноз етилмекте. Бул ҳаққында «SpaceWeather.com» басылымына тийкарланып «Xabar.uz» мәлим етти.
Мағлыўматларға қарағанда, 28-май күни Қуяш тажында массалар атылып шығыўы бақланған. Ҳәдийсе нәтийжесинде сыртқа атылып шыққан бултлардың Жерге жетип келиўи киши геомагнит боранларын келтирип шығарыўы мүмкин.
Илимпазлардың мәлим етиўинше, Жерге тек ғана булттың сыртқы тәрепи жетип келеди. Жер ушын ҳеш қандай қәўип болмайды. Керисинше, полярлық кеңликлерде жасайтуғын адамлар бүгин поляр жақтылығын көриўи мүмкин болады.
2020-жылдың декабрь айында да Жерди Қуяштан шыққан плазма булты қаплаған еди. Бундай бултлардың тәсири космослық үскенелерге радиация басымының кескин артыўына ҳәм Жер бетине жақын жердеги магнит майданының тербелиўине алып келеди.
Сондай-ақ, илимпазлардың пикиринше, 2020-жыл декабрь айында жүз берген бир неше атылыўлардан соң Қуяш өз белсендилигин кемейткен.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz