Telegram karinform

Сиясат

  • 02.06.2021 16:02
  • 1138

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бизнес марафон» тренинги қатнасыўшылары – белгили исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бизнес марафон» тренинги қатнасыўшылары – белгили исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов усы жылдың 2-июнь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилетуғын «Бизнес марафон» мотивациялық тренингиниң шөлкемлестириўшилери, исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер менен ушырасты. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, әсиресе, бул тараўға жасларды кеңнен тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликтиң жаңа, заманагөй, дүнья базарында өз орнына ийе, елимиздиң экономикалық потенциалын көтериў менен бирге халықаралық майдандағы имиджин арттырыўға хызмет ететуғын тармақларын ен жайдырыўға қаратылып атырған айрықша итибар өзиниң нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтип, бул бағдарда республикамызда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм режелер ҳаққында мағлыўмат берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бизнес марафон» тренинги қатнасыўшылары – белгили исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер менен ушырасты
Өз гезегинде «Бизнес марафон» мотивациялық тренингиниң қатнасыўшылары жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Қарақалпақстанда соңғы жылларда социаллық-экономикалық тараўларын жәнеде раўажландырыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-инюь күнги «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында жасларды исбилерменликке тартыў арқалы оларда өзин-өзи раўажландырыў бойынша күшли мотивация оятыў мақсетинде халықаралық ҳәм жергиликли көлемде жоқары абыройға ийе ораторлар (жетекши исбилерменлер) қатнасыўында Республика бойлап «Бизнес марафон» мотивациялық тренинглери шөлкемлестирилмекте.

«Бизнес марафон»лар усы жылдың апрель-май айларында Наманган, Әндижан, Ферғана, Сырдәрья, Ташкент, Жиззах, Наўайы, Бухара ўалаятларында өткерилип, бул илажларда 13 мыңнан артық жаслар қатнасты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бизнес марафон» тренинги қатнасыўшылары – белгили исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер менен ушырасты
Бүгин пайтахтымызда өткерилетуғын «Бизнес марафон»да мотивациялық тренинглерди «Deli.uz», «Dekos.uz», «Mfaktor» жойбарлары тийкаршысы Ҳасан ҳәм Ҳусан Мамасаидовлар, «Asaxiy.uz» интернет дүкани тийкаршысы Феруз Аллаев, «Yaskanamu», «Alvon» текстил брендлери тийкаршысы Шерзод Бекназаров, «Thompson school» оқыў орайлары тармағы тийкаршысы Шахзод Баҳодиров, «Sobirovs Law Firm» (Канада) компаниясы тийкаршысы Раҳмад Собиров сыяқлы елимизде ҳәм сырт еллерде жетискенликлерге ерискен ўатанласларымыз, тәжирийбели исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер алып барады.

Ушырасыўда келешекте бир қатар жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят