Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2021 13:01
  • 1082

Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерден артықша өндирилген 900 миллион сумға шамалас төлемлер бойынша мағлыўмат берди

Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерден артықша өндирилген 900 миллион сумға шамалас төлемлер бойынша мағлыўмат берди
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң мәжилисинен соң ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда абитуриентлерден артықша төлем өндирилгени бойынша мағлыўматлар жәрияланған еди. Мәмлекетлик тест орайы бул бойынша төмендегилерди мәлим етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлерден (майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийнаттағы адамлар буған кирмейди) тест сынақларында қатнасыў ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында төлем өндирилиўи енгизилген.

2019-2020-оқыў жылы қабыллаўында алдынғы жыллардағы питкериўшилерден тест сынағы ушын төлем өндириў биринши мәрте енгизилген болып, сол жылы абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў жоқары оқыў орынлары қабыллаў комиссиялары ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылған. Онда абитуриентлер ҳүжжетлерин тапсырыў ушын жоқары оқыў орынлары қабыллаў комиссиялары ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат еткенде, олар тәрепинен төлемди әмелге асыратуғын категориядағы абитуриентлерге төлемди әмелге асырыў ушын квитанция қәлиплестирилип берилген ҳәм абитуриентлер төлемди әмелге асырғаннан соң ҳүжжетлерин тапсырған.

Төлемди әмелге асырмайтуғын категориядағы абитуриентлердиң ҳүжжетлери болса сол ўақытта қабыл етилген. Бунда төлемди әмелге асырмайтуғын абитуриентлер категориялары ҳаққындағы мағлыўматлар Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиялары ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайларына жеткерилген және Мәмлекетлик тест орайының Телеграмдағы рәсмий каналында жәрияланған.

Солай болса да, төлемди әмелге асырмайтуғын абитуриентлер тәрепинен ҳүжжетлерди тапсырыў ўақтында тест сынағы ушын төлемди әмелге асырыў жағдайлары бақланған. Буның нәтийжесинде 896,4 миллион сум артықша төлем әмелге асырылған. Өткен ўақыт даўамында абитуриентлердиң арзасына муўапық артықша төленген 156,3 миллион сумлық қаржы ийелерине қайтарылған. 2021-жылдың 25-март жағдайы бойынша артықша төленген қаржы муғдары 740,1 миллион сумды қураған.

Қалған абитуриентлер төлемди қайтарыў бойынша арза менен мүрәжат етпегени себепли, Мәмлекетлик тест орайында олардың төлемлерин қайтарыў имканияты болмай атыр.

Соған қарамастан, олардың мағлыўматлары анализленип, надурыс төлемди әмелге асырған 3170 абитуриенттиң мағлыўматлары 2020-жыл ушын дизимге алынған абитуриентлер базасынан анықланып, олардың қол телефон номерлерине SMS-хабарландырыўлар жиберилген. Қалған 4132 абитуриенттиң мағлыўматларына анықлық киргизиўдиң илажы болмай атыр.

2019-жылдың тәжирийбесинен келип шыға отырып, абитуриентлерди дизимге алыў ушын қолланылатуғын «ABITUR» бағдарламасы жетилистирилип, усы кемшиликтиң алдын алыў мақсетинде дәслеп абитуриентлер онлайн дизимге алынды ҳәм бағдарлама тәрепинен тест сынағы ушын төлемди әмелге асырыўы керек болған абитуриентлер анықланып, оларға инвойс қәлиплестирилди. Төлемди әмелге асырмайтуғын абитуриентлер ушын болса инвойс қәлиплестирилмеди ҳәм олардың арзасы тиккелей қабыл етилди. Буның нәтийжесинде төлемди әмелге асырыў менен байланыслы кемшиликлер сапластырылды.

Усы орында атап өтиў орынлы, Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлер тәрепинен надурыс әмелге асырылған төлемлердиң абитуриентлерге толық түрде қайтарылыўы тәрепдары болып, усы абитуриентлер Мәмлекетлик тест орайына арза менен мүрәжат еткенинде, олардың төлемлери қайтарылыўын мәлим еткен.

Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс әмелиятшы студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде