Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2021 15:16
  • 1502

Не ушын быйыл магистратураға қәлеген қәнигеликке ҳүжжет тапсырыў имканияты болмайды?

Не ушын быйыл магистратураға қәлеген қәнигеликке ҳүжжет тапсырыў имканияты болмайды?
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы Абдували Холиқовтың мәлим етиўинше, быйылғы қабыллаўда өткен жылдағы сыяқлы бакалаврдағы тәлим бағдарынан улыўма басқа болған магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырыў әмелияты бийкар етиледи. Себеби, бул өзин толық ақламаған.

А.Холиқовтың «Xpress.uz»ға берген интервьюсында бул ҳаққында төмендегилер мәлим етилген.

«2019-2020-оқыў жылларында сынақ тәризинде магистратураға кириўде түрлес ҳәм сәйкес қәнигеликлерди сайлаў бийкар етилди. Буған медицина ҳәм дөретиўшилик имтиханлар арқалы қабылланатуғын қәнигеликлер киргизилмеген еди. Бул базы бир орында өзин ақлады, айырымларында болса ақламады. Себеби, жаслардың тийкарғы бөлеги өзи қызыққан қәнигеликке емес, көбирек имканият беретуғын қәнигеликлерге ҳүжжет тапсырды. Кимлердур магистратураға өзине улыўма бийтаныс болған қәнигеликлерге кирди ҳәм оқыў даўамында ҳәр қыйлы машқалалар жүзеге келди. Бир тәрептен кафедраның профессор-оқытыўшыларынан шағымлар көп болды, екинши тәрептен студентлердиң өзлери де қыйналды.

Сонлықтан, усы оқыў жылында магистратураға тек ғана сәйкес ҳәм түрлес қәнигеликлерге, яғный бир-бирине жақын болған қәнигеликлерге ҳүжжет тапсырыўға шараят жаратылады. Бунда да тек ғана өз қәнигелиги емес, бакалаврда оқыған тараўына жақын болған бағдардағы магистратура қәнигелигине ҳүжжет тапсырыў имканияты сақланып қалынады. Мәселен, физика, математика, информатика сыяқлы бағдарлар бир-бирине жақын есапланады. Бирақ, улыўма басқа болған қәнигеликлерге ҳүжжет тапсырыў бийкар етиледи», - деп мағлыўмат берген А.Холиқов.

Министрлик бас басқармасы баслығының атап өтиўинше, бул тәртип әмелде болғанында мәмлекетлик стипендиатлары да өзине сәйкес болмаған бағдарларда оқыў ушын талабан болған.

«Мәселен, мәмлекетлик стипендиялар ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша бериледи. Техника бағдарында оқып атырған студент ҳеш қашан Наўайы стипенидиясына талабан болалмайды. Бизлерде болса Наўайы стипендиясын алғанлар магистратурада нефть-газ тараўында оқыў ушын талабан болды. Ҳәмме өзине дурыс баҳа берип, бағдарын дурыс таңлаўы керек.

Дурыс, магистратураға ҳүжжет тапсырыўда түрлес ҳәм сәйкес қәнигеликлердиң бийкар етилгени өзин ақлаған тәреплер де болды. Бирақ, ақламай атырған тәреплери көринип қалды. Бакалаврда алынған базалық билим магистратурада оғада әҳмийетли орынға ийе. Магистратураны питкергенлердиң басым бөлеги экономиканың ең жоқары тараўларында жумыс ислейди. Усы басқышта жақсы билим алынбаса, кейинги жумысларға өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Сонлықтан, теңсалмақлылық болғаны жақсы», - деген А.Холиқов.

Оның қосымша етиўинше, бакалавр питкериўшилери магистратураға қайсы қәнигеликлерге ҳүжжет тапсырыў мүмкинлиги ҳаққында жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрығы шығады және бул буйрық магистратураға қабыллаў процеси басланғанға шекем жәрияланады.

Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс әмелиятшы студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.