Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2021 16:42
  • 1137

Прокуратура Мойнақтағы жас өспиримлердиң суўға ығып кетиўи бойынша қосымша мағлыўматларды мәлим етти

Прокуратура Мойнақтағы жас өспиримлердиң суўға ығып кетиўи бойынша қосымша мағлыўматларды мәлим етти
Усы жылдың 2-июнь күни саат 14:00 шамасында Мойнақ районы Үббиниязов көшесинде жасайтуғын ағалы-инили Ж.Р. (2009-жылы туўылған) ҳәм Ж.Д. (2010-жылы туўылған) усы райондағы «Мәдели» АПЖда жасайтуғын Н.Қ.ның үйине мийманға барып, усы аўылдағы «Қыпшақдәрья» каналына шомылып атырғанында абайсызлық ақыбетинде ығып кеткен. Бул ҳаққында ҚР прокуратурасы хабар берди.

Сол ўақытта канал жанынан өтип баратырған аўыл адамлары балаларды суўдан алып шығып, районлық медициналық бирлеспесине алып барған, бирақ, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетилгенине қарамастан ағалы-инилилердиң екеўи де қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша Мойнақ районлық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он