Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.06.2021 17:08
  • 2478

Қарақалпақстанда орташа мийнет ҳақы қанша? (тараўлар кесиминде)

Қарақалпақстанда орташа мийнет ҳақы қанша? (тараўлар кесиминде)
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының хабар бериўинше, 2021-жылы январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы 2591,8 мың сумды (мийнет ҳақыға үстеме, сыйлықлаў, хошаметлеў қәсийетине ийе төлемлер, компенсация ҳәм исленбеген ўақыт ушын мийнет ҳақы басқа да төлемлер киргизилген, сондай-ақ, оның қурамында физикалық тәрептиң дәрамат салығы, қамсызландырыў ҳәм кәсиплик аўқамына төлемлер де киргизилген) қурап, 2020-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 6,9% ке өсти.

Тараўлар кесиминде орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы республикамыз бойынша төмендегише:

Санаат - 3 940,1 мың сум;
Қурылыс - 2 796,7 мың сум;
Саўда - 2 549,0 мың сум;
Тасыў ҳәм сақлаў - 4 220,5 мың сум;
Жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер - 2 457,2 мың сум;
Хабар ҳәм байланыс - 2 722,7 мың сум;
Қаржы ҳәм қамсызладырыў тараўында - 5 410,5 мың сум;
Билимлендириў - 2 168,3 мың сум;
Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў - 2 037,7 мың сум;
Көркем өнер ҳәм мәдений дем алыў - 1 979,5 мың сум;
Басқа хызмет түрлери - 2 567,8 мың сум.

Гүлсара Жартыбаева,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған