Өткен 2020-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында коррупция менен байланыслы 77 жуўапкер тәрепке 59 жынаят иси ашылған болса, соның екеўи жоқары билимлендириў системасына, ал усы жылдың өткен дәўиринде 119 жуўапкер тәрепке 75 жынаят иси ашылып, соннан биреўи жоқары билимлендириў системасы менен байланыслы жағдайлар болып есапланады.
Бул ҳаққында бүгин, 4-июнь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында тараўда коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў мәселесине бағышлап өткерилген сәўбетлесиў кешесинде атап өтилди.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Сәўбетлесиў кешесине Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы хызметкери Х.Қўшимматов, ҚР Ишки ислер министрлиги Жынаят-излеў басқармасы коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлими арнаўлы ислери бойынша ўәкили М.Сержанов, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы Нөкис орта арнаўлы ислам билим журты мударриси А.Садиқов, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының аға оқытыўшысы З.Тәңирбергенова, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар, студент жаслар қатнасты.
Илаж даўамында сөзге шыққанлар, елимизде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўлардың раўажланыўына кери тәсир етип атырған коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде 2017-жыл 3-январьда қабыл етилген «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы ҳәм оннан келип шығып тараўларда, әсиресе, билимлендириў тараўындағы усындай ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ўазыйпаларға тоқталып өтти.
Коррупцияға қарсы гүресиў елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларының бири сыпатында белгилеп берилген болып, бунда ең әҳмийетли илажлардың бири – халықтың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм билимлерин арттырыў екенлиги атап өтилген еди.
Соның менен бирге, жоқары билимлендириўде коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў ушын мағлыўматларды алыў электрон, ҳүжжет тапсырыў онлайн форматларға өткерилип атырғаны, ҳәзирги ўақытта имтиханларды онлайн тәризде Интернет тармақлары арқалы ашық-айдын өткериў жолға қойылғанлығы, сондай-ақ, ең әҳмийетлиси, ҳәр бир жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде комплеанс-қадағалаў бөлими шөлкемлестирилип, бул бағдардағы анық жумыслар белгиленгенлиги сөз етилди.
Сәўбетлесиў кешеси профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм қәнигелердиң сораў-жуўаплары менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz