Ҳәзирги ўақытта республикамызда 3018 санаат кәрханасы ҳәрекетте болып, соннан тийкарғы санаат кәрханалары Нөкис қаласына 638 (21,1 %), Төрткүл районына 330 (10, 9), Беруний районына 276 (9, 2 %), Әмиўдәрья районына 268 (8, 9 %) кәрхана туўры келмекте. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.
Бүгинги күнде:
Бозатаў районында – 36;
Қанлыкөл районында – 70;
Тахтакөпир районында – 76;
Кегейли районында – 81;
Шоманай районында – 96;
Шымбай районында – 97;
Нөкис районында – 97;
Тақыятас районында – 118;
Мойнақ районында – 122;
Қоңырат районында – 160;
Хожели районында – 165;
Қараөзек районында – 170;
Елликқала районында – 218;
Әмиўдәря районында – 268;
Беруний районында – 276;
Төрткүл районында – 330;
Нөкис қаласында – 638 санаат кәрханасы жумыс алып бармақта.
2021-жылдың январь-апрель айларында республикамызда 301 жаңа санаат кәрханасы ашылып, солардан:
Бозатаўда – 6;
Қанлыкөлде – 10;
Тахтакөпирде – 8;
Кегейлиде – 12;
Шоманайда – 10;
Шымбайда – 9;
Нөкис районында – 12;
Тақыятаста – 13;
Мойнақта – 6;
Қоңыратта – 14;
Хожелиде – 18;
Қараөзекте – 5;
Елликқалада – 31;
Әмиўдәрьяда – 40;
Берунийде – 19;
Төрткүлде – 22;
Нөкис қаласында – 66 кәрхана жаңадан ашылып, жумыс баслады.
Саёра Шамуратова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz