Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.06.2021 13:56
  • 1191

9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы
Қарақалпақстанда Архив хызмети дәслеп 1925-жылда шөлкемлестирилген ҳәм Областьлық Атқарыў Комитети (Обл.Испол.Ком) қурамында Архив Бюросы болып жумыс алып барған.

1930-жылда Архив Бюросы Қарақалпақстан Автоном Областы Халық Билимлендириў Бөлими қурамына киргизилген.

Қарақалпақстан АССР Орайлық Атқарыў Комитетиниң Президиумы Қарарына (1934-жыл) муўапық, Архив Бюросы Орайлық Архив Басқармасына айландырылған ҳәм Қарақалпақстан АССР Орайлық Атқарыў Комитети қурамына киргизилген.
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

Қарақалпақстан АССР Жоқарғы Совети Президиумы Қарарына (1939-жыл) муўапық, Орайлық Архив Басқармасы Қарақалпақстан АССР Ишки Ислер Халық Комиссариаты қурамына киргизилген ҳәм 1940-жылда Қарақалпақстан АССР Ишки Ислер Халық Комиссариатының Архив Бөлими етип қайта шөлкемлестирилген.

1962-жылда Қарақалпақстан АССР Министрлер Советиниң Қарарына муўапық, Қарақалпақстан АССР Ишки Ислер Халық Комиссариатының Архив Бөлими Қарақалпақстан АССР Министрлер Совети қурамына өткерилген.
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

1985-жылдан Қарақалпақстан АССР Министрлер Совети жанындағы Архив Басқармасы болып қайта шөлкемлестирилген (Қарақалпақстан АССР Министрлер Советиниң 02.12.1985-ж., 469р-санлы Бийлиги).

2004-жылда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Қарарына муўапық (03.02.2004-ж., 49-санлы), Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы болып қайта дүзилди.
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы қурамында 2006-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви ҳәм оның Қараөзек, Кегейли, Беруний, Хожели ҳәм Қоңырат районлық филиаллары жумыс алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви ең дәслеп 1943-жылда Төрткүл қаласында шөлкемлестирилген болып (Өзбекстан ССР Халық Комиссарлары Советиниң Қарары, 18.02.1943 ж., 145-санлы), бүгинги күнде Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы имаратында жайластырылған.

2006-жылда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарарына (27.02.2006 ж., 83-санлы) муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архивиниң Шымбай, Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала ҳәм Қанлыкөл районларында жаңа архив филиаллары шөлкемлестирилди. 2008-жылдан усындай архив филиаллары Республикамыздың 10 районында хызмет көрсетти.
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012 жыл 5 апрельдеги «Өзбекстан Республикасында архив исин жетилистириў ҳаққында»ғы 101-санлы Қарарына муўапық, Республикадағы районлық архив филиаллари Мәмлекетлик архивлерге айландырылды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы қурамында Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви, 10 районлық мәмлекетлик архивлери ҳәм 4 жеке қурам ҳүжжетлери мәмлекетлик архивлери жумыс алып бармақта.
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы
9-июнь – Халықаралық архивлер күни. Қарақалпақстанда архив тараўының раўажланыў тарийхы

Республика архивлеринде сақланып атырған ҳүжжетлердиң шегара жыллары 1917-жылдан бүгинги күнге шекемги болған дәўирди өз ишине алады ҳәм тарийхый әҳмийетке ийе болған ҳүжжетлер, жеке қурам ҳүжжетлери, сондай-ақ, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң қалдырған мийрасын, өмир жолын сәўлелендириўши жеке фондқа жәмленген ҳүжжетлерден ибарат.

Бүгинги күнде Республика архив фонды 2415 фонд, ал бул фондларға 555 351 сақлаў бирлигине ийе ҳүжжетлер жәмленген.

Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

    Биз ҳәр күни услайтуғын ең бактериялы буйым - бул мобиль телефонымыз. Он жыл алдын алымлар