Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.06.2021 14:49
  • 1014

10-июнь күни қарақалпақстанлылар сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин

10-июнь күни қарақалпақстанлылар сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин
Ертең, 10-июнь күни сақыйна тәризли Қуяш тутылыўы жүз береди. Бул Қуяш тутылыўы елимиз халқы ушын 2021-жылдағы бақлаў мүмкин болған дәслепки тутылыў есапланады. Бул ҳаққында бизге ӨзР Илимлер академиясы Улығбек атындағы Астрономия институты киши илимий хызметкери, қарақалпақстанлы жас астроном Азизбек Матеков мәлим етти.

Қуяш тутылыўын республикамыз аймағынан бақлағанда, Ай Қуяш бетиниң оғада киши бөлегин тосады, яғный тек ғана үлесли Қуяш тутылыўын бақлаў мүмкин болады.

Қуяш тутылыўы Нөкис ўақты менен саат 16:57 де басланып, тутылыўдың максимум ўақты саат 17:16 да бақланады ҳәм тутылыў саат 17:35 те жуўмақланады, яғный 38 минут даўам етеди. Пайтахтымызда Қуяш тутылыўының максимал фазасы 3% ти қурайды.
10-июнь күни қарақалпақстанлылар сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин
Мағлыўматта келтирилиўинше, сақыйна тәризли Қуяш тутылыўының толық фазасы Канада, Гренландия ҳәм Россияның узақ шығыс аймақларында бақланып, тутылыўдың максимал фазасы 94,3% ти қурайды және толық фазаның даўамлылығы 3 минут 51 секундқа тең болады.

Еслетип өтемиз, буннан алдын республикамыз халқы 2020-жылдың 21-июнь күни жүз берген сақыйна тәризли Қуяш тутылыўын, яғный үлесли Қуяш тутылыўы ҳәдийсесин бақлаған еди.

Қарақалпақстанлы жас астроном Азизбек Матековтың қосымша етиўинше, республикамыз халқы келеси Қуяш тутылыўын 2022-жыл 25-октябрьде бақлаўы мүмкин болады. Бул Қуяш тутылыўында тосылыў магнитудасы 75% ке жетеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.