Telegram karinform

Сиясат

  • 12.06.2021 11:15
  • 1244

Жыл басынан Қарақалпақстанда 110 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2322 жаңа жумыс орны жаратылды

Жыл басынан Қарақалпақстанда 110 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2322 жаңа жумыс орны жаратылды
Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапарында болып турған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Т.Нарбаева 11-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткерилген мәжилиске қатнасты. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ашты.

Мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгени Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, аймақта инженерлик-коммуникация, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жақсылаў, экономика тармақларын турақлы раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етип атырғанлығын атап өтти.

Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Хабибуллаев мағлыўмат берди.

Қарарға муўапық, 2020-2023-жылларда 1 мың 359 инвестициялық жойбарлар (12 трлн. 353 млрд. сумлық) әмелге асырылыўы ҳәм 17 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген. Усы жылдың 1-июнь жағдайына 912 (67 процент) жойбар (4 трлн. 940 млрд. сумлық) иске түсирилип, 7 мың 249 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Жыл басынан Қарақалпақстанда 110 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2322 жаңа жумыс орны жаратылды
Атап айтқанда, 2021-жылдың январь-май айларында 113 жойбарды (247,6 млрд. сумлық) әмелге асырыў арқалы 2 597 жаңа жумыс орынлары жаратыў режелестирилген болып, әмелде 110 (97 процент) жойбар (219,2 млрд. сумлық) иске түсирилди ҳәм 2 322 (89 процент) жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, баҳасы 200,5 млрд. сумлық 89 жойбар мүддетинен алдын иске түсирилип, 532 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Мәжилисте қарардың орынланыўы сын көз қарастан додаланып, жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлер ҳаққында да айтып өтилди. Бул бойынша парламент қадағалаўын жәнеде күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди, жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәжилис күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли мәселе – Қарақалпақстан Республикасында «мәҳәллелер кесиминде» ислеў, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ҳәм оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў жуўмақлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова мағлыўмат берди.

Олий Мажлис Сенатының исши топары тәрепинен Әмиўдәрья, Беруний, Бозатаў, Кегейли, Тахтакөпир, Шоманай, Елликқала районларындағы секторлардың жумысы, мәҳәллелерде алып барылып атырған ислер үйренилген еди.

Үйрениўлер даўамында «Ҳаяллар дәптери» менен ислеў бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратылды. Район ҳәм қала исши топарлары тәрепинен 328 мыңнан аслам хожалықлар үйме-үй ҳатлаўдан өткерилип, 350 мыңға жақын ҳаял-қызлардың жағдайы үйренилгенлиги анықланды.

Үйрениў нәтийжелери бойынша Қарақалпақстан Республикасында жәми 24 мың 519 ҳаял-қызлар «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген болып, бүгинги күнге дейин 23 мың 300 (95 процент) ҳаял-қызлардың машқалалары шешилген ҳәмде 39,6 проценти (9 мың 710) «Ҳаяллар дәптери»нен шығарылған.

Мәжилисте халықты турақ жай менен тәмийинлеў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, медицина ҳәм билимлендириў системасын, социаллық-руўхыйлық орталықты жақсылаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў сыяқлы бағдарларда әмелге асырылып атырған жумыслар, ерисилген жетискенликлер менен бирге жол қойылып атырған кемшиликлерге де итибар қаратылды ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге