Telegram karinform

Спорт

  • 12.06.2021 14:55
  • 1365

18-20-июнь күнлери «Ралли Мойнақ – 2021» жарысы болып өтеди – жеңимпазларды еки дана «Нексия-3» күтпекте

18-20-июнь күнлери «Ралли Мойнақ – 2021» жарысы болып өтеди – жеңимпазларды еки дана «Нексия-3» күтпекте
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте усы жылдың 18-20-июнь күнлери Мойнақ районында «Ралли Мойнақ – 2021» автомобиль спорты жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Жарыслар еки автомобиль – двигатель көлеми 1600 см кубқа шекемги «А-8» ҳәм двигатель көлеми 2000 см кубқа шекемги «А-9» класслары, двигатель көлеми 2000 см кубқа шекемги «Багги» ҳәм двигатель көлеми 500 см кубқа шекемги мотоцикллер бойынша өткериледи.
18-20-июнь күнлери «Ралли Мойнақ – 2021» жарысы болып өтеди – жеңимпазларды еки дана «Нексия-3» күтпекте
18-20-июнь күнлери «Ралли Мойнақ – 2021» жарысы болып өтеди – жеңимпазларды еки дана «Нексия-3» күтпекте
Жарыстың салтанатлы ашылыўы 18-июнь күни болып өтеди. «Кемелер қойымшылығы» ноқатынан старт берилетуғын ралли қатнасыўшылары кейин ала Қаражар түсерлиги – Судочье көли – Үстирт платосы – Арал теңизиниң батыс жағалаўында жайласқан Ақтумсық ноқатына шекемги болған маршрут бойлап ҳәрекетленеди, сондай-ақ, жарыстың екинши күни – 19-июнь күни Мойнақ қаласына қайтады.

Жеңимпазларды сыйлықлаў салтанаты 20-июнь күни болып өтеди. Жеңимпазлар бас сыйлықлар – еки дана «Нексия-3» автомобили ҳәм басқа да қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.
18-20-июнь күнлери «Ралли Мойнақ – 2021» жарысы болып өтеди – жеңимпазларды еки дана «Нексия-3» күтпекте

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында