Соңғы жылларда жоқары билимлендириў системасын жаңа сапалық дәрежеге жеткериў, халықаралық рейтинглерде жоқары көрсеткишлерге ерисип атырған сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бул бағдарда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып, усы күнге шекем сырт еллердеги 39 жоқары оқыў орны менен академиялық мобильлик, илимий-изертлеў жумысларын биргеликте шөлкемлестириў, өзара тәжирийбе алмасыў, биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламаларын ашыў сыяқлы тараўларда еки тәреплеме әмелий жумыслар алып барылмақта.
Усындай жумыслардың әмелдеги көриниси сыпатында Россия Федерациясындағы жоқары көрсеткишлерге ерисип киятырған жоқары оқыў орынлары менен әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтиў орынлы. НМПИ ректоры Байрамбай Отемуратов Санкт-Петербург қаласындағы Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетинде сапарда болып, усы университеттиң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Юлия Комарова менен ушырасты.
Ушырасыўда елимизде жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында пикир алмасылып, бакалавриаттың дефектология ҳәм психология тәлим бағларлары бойынша «2+2», соның менен бирге, магистратурада өзге тилли топарларда рус тили қәнигелиги бойынша «1+1» системасы тийкарында қоспа билим бериў системасын шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, еки жоқары оқыў орны арасында профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар, россиялы белгили профессор-оқытыўшылардың институт студентлерге сабақ өтиў ушын келиў мәселеси белгилеп алынды.
Ушырасыў соңында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz