Қарақалпақстан хабар агентлиги быйыл қайсы жоқары оқыў орынларының филиаллары ҳәм қандай жаңа бағдарлар ашылатуғыны ҳаққында хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, 2021-2022-оқыў жылында:
Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде Гидрометеорология факультети шөлкемлестириледи.
Ташкент ўәлаятында Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң филиалы шөлкемлестириледи.
Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы негизинде Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты шөлкемлестириледи.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалында оқыў процеси басланады.
«Жипек жолы» туризм халықаралық университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Бухара ҳәм Термиз мәмлекетлик университетилеринде «Зыярат туризми», «Транспорт логистикасы» ҳәм «Дөретиўшилик санаат» (Creative industry) магистратура қәнигеликлеринде кадрлар таярлаў системасы жолға қойылады.
Әндижан экономика ҳәм қурылыс институты өз жумысын баслайды.
Ташкент архитектура-қурылыс институты ҳәм Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтында мәдений мийрас объектлерин сақлаў факультетлери ашылады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz