Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2021 13:56
  • 2120

Москвадан Арал теңизине шекемги болған аралықта өткерилген ҳаяллардың автомобиль жарысы ҳаққында билесиз бе?

Москвадан Арал теңизине шекемги болған аралықта өткерилген ҳаяллардың автомобиль жарысы ҳаққында билесиз бе?
Биринши ҳаяллар автомобиль жарысы СССРда 1936-жыл 30-июльдан 30-сентябрьге шекем «Москва – Киши Қарақум – Москва» жөнелиси бойлап әмелге асырылған. Бул ҳаққында ӨзАның Қарақалпақстандағы хабаршысы Есимқан Қанаатов сөз етпекте.
Москвадан Арал теңизине шекемги болған аралықта өткерилген ҳаяллардың автомобиль жарысы ҳаққында билесиз бе?
Жарыстың мақсети 1936-жылдағы СССР Конституциясын, аборт етиўди қадаған етиў ҳаққындағы нызамды үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, «ҳаяллардың ҳәр қыйлы шараятларда машинаны басқара алыўын» сынап көриў болған. Соның менен бирге, жолларда шиналардың жарамлылығы бойынша анализ де өткерилди.

Жарыс қатнасыўшылары Москвадан старт алып, Волга бойындағы аймақларды басып өткен – Ярославльдан Қазанға шекем, Башқуртстан ҳәм Түслик Урал бойлап, Қазақстанға өткен. Қазақстанның арқа тәрепинен, яғный Петропавловсктан Жусалы аўылына шекем, соң Арал қумларына қарай өткен. Киши Қарақум шөллери арқалы Иргизға жетип барып, батысқа қарай бурылған. Сталинградтан өтип, қубла-батыс тәрепке, Ростов-Донға қарай бурылған, сол жерден Донбасс арқалы Киевке жетип барып, буннан соң Минскке келген ҳәм ақырында Москваға қайтқан.

Жарыс қатнасыўшылары 45 адам болған. Олардың жасы 20 жастан 35 жасқа шекем еди. Олардың ярымынан көбиси транспорт басқарыўшылар, қалғанлары механиклер, шиналар бойынша қәнигелер, хабаршылар болды.
Москвадан Арал теңизине шекемги болған аралықта өткерилген ҳаяллардың автомобиль жарысы ҳаққында билесиз бе?
Ҳәрекет 15 дана машинада – 10 дана ГАЗ-А ҳәм 5 дана пикапта әмелге асырылған. Автомобильлер жаңа емес еди, ҳәттеки олардың бири 1933-жылы Қарақум жарысында да қатнасқан еди.
Москвадан Арал теңизине шекемги болған аралықта өткерилген ҳаяллардың автомобиль жарысы ҳаққында билесиз бе?
Жарыстың климатлық ҳәм жол шараятлары аңсат болмаған: Уралда олар тик жар жоллар бойлап өткеллер арқалы өтиўине туўра келген, Қазақстанда, узақ ўақыт даўамында жолсыз шараятта, ылай ҳәм қум арқалы саяхат еткен. Базда автомобильлер тығылып қалған ҳәм оларды қол менен ҳәрекетлендириў керек болған. Күндизги ҳәм түнги температура арасында сезилерли парқтың да болыўы машқала туўдырған. Орташа тезлик шама менен 30 км/саатты қураған.

Аўдарған Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған