Сиз көрип турған бул фото шама менен 1958-60-жылларға тийисли болып, онда Мойнақ, яғный Арал теңизи жағалаўындағы «Орлёнок» пионер лагери сәўлеленген. ӨзАның Қарақалпақстандағы хабаршысы Есимқан Қанаатовтың жазыўынша, бул лагер Арал теңизиниң жағасындағы бирнеше дем алыў орайларының бири болған.
Дәреклерде жазылыўынша, Арал теңизиниң жағалаўында 8 километр аралықта Мойнақ қаласының халқы ушын пляж, ҳәр жылы 1200 бала дем алатуғын ӨзССР Билимлендириў министрлигине қараслы «Раҳат» республикалық пионер лагери, ҳәр жылы 450 бала дем алатуғын ӨзССР Балық хожалығы комитетине қараслы Мойнақ балық консерва заводы комбинатының «Орлёнок» пионер лагери, сондай-ақ, ҳәр жылы 480 бала дем алатуғын Орта Азия магистрал газ қубырлары басқармасының «Спутник» пионер лагерлери жумыс алып барған.
Соның менен бирге, Кәсиплик аўқамлары дем алыў орайларын басқарыў бойынша Өзбекстан Республикасы Кеңесиниң «Аральское взморье» дем алыў үйи, ӨзССР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң төртинши бас басқармасына қараслы «Мойнақ» санаториясы, Орта Азия темир жолы хызметкерлери ушын дем алыў үйи хызмет көрсеткен.
Аўдарған Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz