Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.06.2021 12:10
  • 1427

Абитуриентлер ушын әҳмийетли сораў-жуўаплар (1-бөлим)

Абитуриентлер ушын әҳмийетли сораў-жуўаплар (1-бөлим)
Мәмлекетлик тест орайы мәлимлеме хызмети баслығы Орзиқул Бобоев абитуриентлер тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўап берди.

Тест сынақларында майыплығы болған абитуриентлерге қандай хызметлер көрсетиледи?

- Өткен еки жылда өткерилген тест сынақларында майыплығы болған абитуриентлерди соңғы күнлерге қалдырыў, жақын имаратларға орналастырыў, имаратларға алып барыў, алып келиў ушын транспорт ажыратыў имканиятын жаратыў, тест сынағын тапсырыў процесинде тест сораўларын шешип болған, бирақ, мәселен, қолы қалтырап, жуўаплар бетин бояўға қыйналған майыплығы болған адамларға акт дүзиў арқалы ҳәм қалған абитуриентлерге мәлим етилген ҳалда жәрдем берилген.
Быйыл да олар итибарсыз қалдырылмайды.

Егер математика пәнинен миллий сертификат алса, мәжбүрий ҳәм қәнигелик пәниндеги математикаға өте ме?

- Яқ, ол тек ғана қәнигелик пәнлери ушын әмел етеди. Мәжбүрий пәнлерден тест сынағын тапсырыў керек.

Электрон төлемди әмелге асырыўда процент те алып қалынады. Басқа түрде төлем төлеўге бола ма?

- Төлемди электрон тәризде емес, ең жақын банкке барып әмелге асырыўға да болады. Онда артықша төлем алынбайды.

Миллий тест системасы шеңберинде математика пәнинен тест тапсырып, 70 процентлик сертификат алдым. Бирақ, кеўлим толмай атыр, қайтадан тапсырыўым мүмкин бе?

- Талабан гезекпе-гезек өзи сайлаған тәлим бағдарына сәйкес улыўма билим бериў пәнлеринен сертификатларға ийе болыўы ямаса белгили бир пәннен төмен балл топлаған жағдайда, жоқары нәтийжеге ийе болыў мақсетинде, оны қайта тапсырыўы да мүмкин.
Сондай-ақ, абитуриент сертификаты болса да, өз ықтыярына бола усы пәннен кириў тест сынағын тапсырыўы да мүмкин, буған қарсылық жоқ, бундай жағдайларда сертификаттағы емес, кириў тест сынағының нәтийжеси есапқа алынады.

Таярлаған Саёра Шамуратова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал