«Барселона», «Сити», «Тоттенхэм», «Реал» ҳәм «Ювентус»тың тийкарғы жулдызлары кетиўи мүмкин. Олардың көпшилиги тек ғана жетекшилер емес, ал өз командаларының XXI әсирдеги символына айланып үлгерген.
Жаңа толқынның баслы қаҳарманлары – Эрлинг Холанд ҳәм Килиан Мбаппе – өсиўди ҳәм өз карьерасының шыңына жетиўди қәлемекте. Бул категорияға Санчо, Доннарумма ҳәм Камавинганы да қосыўға болады.
Үлкен клублар жеделлик пенен тренерлерин өзгертпекте: «ПСЖ», «Интер», «Реал», «Челси», «Бавария», «Лейпциг», «Боруссия Д», «Боруссия М», «Байер», «Рома», «Наполи», «Лилль», «Лион», «Тоттенхэм» ҳәм «Ювентус» клублары жаңа тренерлер менен дәслепки трансферлер айнасын өткереди. Бул дизимге «Барселона»да қосылыўы мүмкин.
Жазда Европа чемпионаты болып өтеди ҳәм бул ҳәмийше қосымша трансферлерге тийкар болады.
Жазғы трансферлер қызғын өтиўине қарсы болыўы мүмкин болған бир ғана фактор – экономикалық кризис. Футболшыларды алдынғысы сыяқлы жоқары баҳаларда сатыўға ҳәрекет ететуғын сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар арасында үлкен қарама-қарсылық жүзеге келиўи мүмкин. Бул факутор саўдаларды тоқтата алмайды, бирақ трансферлер қурамаласып, узақ ўақыт даўам етеди.
Лео Месси ҳәм оның келешегиШәртнама мүддети жуўмақланбақта, рәсмий қарар болса еле мәлим емес. Хабарлар ҳәр қыйлы: «Барса» ҳәзирги муғдардағы мийнет ҳақыны усыныс ете алмайды, каталониялылар қайта қурыў дәўиринде ҳәм кейинги мәўсимде ЕЧЛ жеңимпазлығы ушын даўагерлик етиўи қыйын. Бул ўақытта болса «ПСЖ» тәрепинен үлкен қызығыўшылық бар, парижлилер көп муғдарда мийнет ҳақы төлеўге таяр, Неймар да клубта қалды, қосымшасына аргентиналы таныс тренер Почеттино ҳәм күшейиў бойынша жобалар. Басқа тәрептен, Лео бир жылдан берли клуб тәрепке қәдем таслап атырған жоқ. Соңғы хабарларға қарағанда, каталониялылар оған 10 жыллық шәртнама (2 жыл клубта ойнаў, 3 жыл клуб елшиси сыпатында МЛСке барыў және кейин қайтып клубта ислеў бойынша 5 жыллық шәртнамаға ийе болыў). Ол және ойлап көрип, бәри-бир клубта қалыўға қарар етиўи мүмкин.
Агуэро «Сити»ди тәрк етеди. Вейналдум – «Ливерпуль»дан, Депай «Лион»нан кетедиСерхио 10 жылдан аслам ўақыт даўамында жаңа «Сити»диң келбети, байлық ҳәм нәтийжели дәўир символы болды. Жасы өткеннен соң Кун Манчестерде оғада аз ойнай баслады, бирақ ол еле үлкен футболда және еки-үш жыл топ тебиўи мүмкин – Вейналдум сыяқлы.
Депай болса жас ҳәм «МЮ»дағы нәтийжесиз ойынлардан соң екинши мәрте топ-клубта өзин көрсетиўге ҳәрекет етип көриўи мүмкин.
Олардың барлығы «Барса»ға келе ме? Бул каталониялылар ушын сапалық тәрептен күшейиў болар еди, бирақ бундай трансферлер ҳаққында ҳәзирше тек ғана инсайдерлер жазбақта. Агуэро ҳәм Вейналдум мәселеси шешип болынғаны айытылып атырған болса, Депай бойынша көп нәрсе намәлим. Бул финанслық мәселеге тақалып атырған болыўы мүмкин.
Мбаппе «ПСЖ»дан кете ме?Шәртнама 2022-жыл жазына шекем дүзилген. «ПСЖ» Неймар, Ди Мария, Навас ҳәм Дракслер менен шәртнамаларды жаңалады, бирақ «Париж»диң тийкарғы активи еле интриганы сақлап турыпты. Килиан «Реал»ға өтиўди қәлеп атырғанға усайды, «Реал»дағылар да оны көп ўақыттан берли өз қурамында көриўди қәлейди, бирақ «Мадрид» бул трансферди қалай шешиўи сораў астында қалмақта.
Жағдайды «ПСЖ» басшыларының позициясы қурамаластырмақта, олар Мбаппени сақлап қалыў ушын бар имканиятларын иске қоспақшы. Олар буған тайын екенлигин Неймар менен байланыслы жағдайда да көрсеткен, «Барса»ға қайтыўы дерлик шешип болынған футболшы жаңа шәртнама дүзиўге көндирилген еди.
Алдын «ПСЖ» ҳүжимшиге 2025-жылға шекем әмел етиўши шәртнама усыныс еткен, футболшы болса Европа чемпионаты жуўмағын күтпекши екенлигин мәлим еткен еди.
Соңғы хабарларға қарағанда, Зидан Мбаппениң қарарына тәсир көрсетиўи мүмкин. Журналист Николо Шираның жазыўынша, усы күнлерде «Реал»ды тәрк еткен Зинедин Зидан парижлилер басқарыўына келиўи күтилмекте. Атап өтилиўинше, Зиданның келиўи Килиан Мбаппе клуб пенен жаңа шәртнамаға қол қойылыўын тәмийинлейди.
ҒХҚның жазыўынша, «ПСЖ»ны усы жылдың қысында қабыллап алған бас тренер Маурисио Почеттино «Тоттенхэм»ге қайтады, ол сондай-ақ, Антонио Конте ҳәм Рауль менен бирге «Реал» шорт-листинде де турыпты.
«Ювентус» бәри-бир Чемпионлар лигасына жоллама алғаннан соң, Рональдудиң кетиўи ҳаққындағы гәп-сөзлер азайды, бирақ Криштиану «МЮ»ға қайтыўы ҳаққындағы гәплерди пүткиллей жоққа шығарыўға да болмайды. Ол «Юве»ге төртинши орынды алыў ушын келмегени анық. Клуб Пирлоны да отставкаға шығарды ҳәм команда кейинги мәўсимде ҳәзиргиден жақсырақ болыўына кепиллик жоқ, сол себепли Евро-2020 чемпионатынан соң Криш жаңа команда ҳаққында ойлай баслайтуғынын күтиў мүмкин.
«Tribuna.uz» материаллары тийкарында таярлаған Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс әмелиятшы студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz