Кегейли районлық Халық бәнтлигине кɵмеклесиў орайының есап бетинде қаржы болмағанлығы себепли 2021-жылы жумыссызлық напақасын алып атырған пуқаралардың апрель-май айлары ушын берилетуғын напақа пуллары кешиккен. Сол себепли пуқаралар арасында наразылық келип шығып, 20 пуқара қатнасыўында автомобиль жолын тосыў жағдайы жүз берген. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Машқала тийисли жуўапкерлер тәрепинен сапластырылып, 2021-жылдың 18-июнь сәнесинде 218 пуқараның улыўма 120 миллион 330 мың 317 сум муғдарындағы жумыссызлық напақасы Кегейли районлық Халық банки тәрепинен төлеп берилди, деп жазылған рәсмий хабарда.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz