Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жуўапкер хызметкерлеринен ибарат болған жумысшы топар Қазақстан Республикасының Алматы ўәлаятында болып, мийнет мигрантларының жасаў ҳәм жумыс ислеў шараятларын үйренди.
Үйрениў жумыслары шеңберинде Өзбекстанның 44 пуқарасы ислеп атырған «Металл пром групп» шөлкеми баслығы менен ушырасыў өткерилди. Мийнет мигрантларының жасаў шараятлары үйренилип, пандемия шараятында сырт еллерде аўыр аўҳалға түсип қалған мийнет мигрантларына жәрдем бериў мақсетинде #BIRGAMIZ жойбары жумыс алып барып атырғаны және социаллық-ҳуқықый жәрдем ҳаққында түсиник берилди.
Сондай-ақ, Ферғана ўәлаятынан Б.А., Самарқанд ўәлаятынан О.Ж., Қарақалпақстан Республикасынан З.Қ. 3 майып перзенти менен Қазақстан Республикасында аўыр аўҳалда пулсыз қалғаны себепли консульлық хызмет көрсетилип, «Ўатанға қайтыў гүўалығы» рәсмийлестирип берилди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz