Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қараөзек районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ассистенти Р.Н. пуқара Н.ны усы университеттиң Архитектура факультетинде оқыўға киргизип бериў ушын 25 миллион сумды алдаўшылық жолы арқалы алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған. Бул ҳаққында Департамент баспасөз хызмети хабар берди.
Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz