Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2021 16:13
  • 752

Пакистанның ең абыройлы басылымларында НМПИ делегациясының сапары ҳаққында материаллар жәрияланды

Пакистанның ең абыройлы басылымларында НМПИ делегациясының сапары ҳаққында материаллар жәрияланды
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясының Пакистан Ислам Республикасы Лаҳор қаласындағы Пенжаб университетине болған еки күнлик сапары Пакистанның ең абыройлы «National Herald Tribune», «Islamabad Post», «Centreline», «Roznama Jinah Lahore», «Roznama 92 Lahore», «Daily The News» сыяқлы басылымларда жәрияланды. Бул ҳаққында ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң «Дунё» мәлимлеме агентлиги хабар берди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясы Пенжаб университетиниң ҳәр қыйлы факультетлеринде, соның ишинде, Билимлендириў бойынша изертлеўлер институты, Ҳәкимшилик илимлер институты, Бизнес басқарыўы институты, Аўыл хожалығы илимлери кафедрасы ҳәм Әмелий молекуляр биология орайының жумыслары менен жақыннан танысты. Ушырасыўлар даўамында өзара пайдалы есапланған ҳәр қыйлы жойбарлар бойынша кең түрде пикир алмасылды.

Сондай-ақ, институт делегациясы ағзалары Пенжаб университетиниң Көркем өнер ҳәм дизайн колледжи жумыслары менен де танысты. Өткерилген сөйлесиўлерде усы колледж ҳәм институттың тийисли факультетлери арасында өзара бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша қызығыўшылық билдирилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик