Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2021 10:50
  • 802

Жаслар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлер мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип деп табылды?

Жаслар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлер мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип деп табылды?
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2021-жыл 29-июнь күни «Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиң белсенди ҳәм интакер жас әўлад ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына қол қойды.

Пәрманға муўапық, өзиниң дөретиўшилик ҳәм интеллектуал потенциалы, сайлаған кәсип бағдары ҳәм жәмийетлик турмыста ерискен әҳмийетли нәтийжелери менен түрли тараўларда елимиздиң раўажланыўына, оның халықаралық абыройы менен даңқын арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, теңлеслерине өрнек ҳәм үлги болып киятырған белсенди ҳәм жетекши жасларымызды қоллап-қуўатлаў және хошаметлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасынан төмендегилер мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

«Дўстлик» ордени менен

Данияров Абатбай Сапарбаевич – Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы.

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Жолдасова Шахноза Батыровна – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң баслығы.

Төремуратов Нзаматдин Бегдиярович – Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң Бозатаў районлық бөлими баслығы.

«Шуҳрат» медалы менен

Балтабаева Наргиза Бахадыровна – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты.

Бердимуратов Жалғасбай Қарлыбай улы – Грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы.

Дайыбекова Зайнаб Казбековна – Қылышпазлық бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы.

Реимбаева Сайёра Жолдасбаевна – Қоңырат районындағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң информатика пәни муғаллими.

Ислам Матеков таярлады,
Karinform.uz


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған