Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2021 11:41
  • 586

Вакцина алған студентлерге контракт төлеминде шегирме бонусы бериледи

Вакцина алған студентлерге контракт төлеминде шегирме бонусы бериледи
Елимиздеги эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда жуўапкер шөлкемлердиң усынысларына муўапық, ҳәзирги ўақытқа шекем Республикалық арнаўлы комиссияның қарарлары тийкарында улыўмалық шаншыў жумысларына қамтып алынатуғын халық топарларының қатары кеңейтилди.

Усы тийкарда, 18 жастан жоқары болған Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаяты халқын, сондай-ақ, имканияттан келип шығып, басқа аймақлардағы 18 жастан үлкен болған халық қатламын өзлери бириктирилген бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелерде ықтыярлы түрде шаншыў белгиленди.

Елимизде жумыс алып барып атырған барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 18 жастан үлкен болған, ҳәзирги ўақытта бакалавриатура, магистратура, клиникалық ординатура басқышларында билим алып атырған студентлерди Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан коронавирус инфекциясына қарсы ықтыярлы түрде ғалабалық шаншыў белгиленди.

Және бир жаңалық: коронавирус инфекциясына қарсы ықтыярлы түрде шаншылған төлемли контракт тийкарында оқыйтуғын студентлерге шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, 2021-2022-оқыў жылы ушын базалық төлемли контрактына 10 процент муғдарында бир мәртелик шегирме бонусы бериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32