Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2021 12:58
  • 855

Ыссы күнлерди жеңип өтиўде бизге нелер жәрдем бере алады?

Ыссы күнлерди жеңип өтиўде бизге нелер жәрдем бере алады?
Қәнигелердиң пикирине қарағанда, жаз күнлери тәбийғый – ашық реңдеги, пахта гезлемесинен болған кийимлерди таңлаў мақсетке муўапық. Себеби, тәбийғый гезлемеден тигилген кийимлер териниң дем алыўына имкан береди. Сондай-ақ, дене температурасының көтерилип кетиўиниң алдын алады, деп жазбақта ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

Илажы барынша тиккелей түсип турған қуяш нурынан сақланыўға ҳәрекет етиң. Ыссы күнде бас кийим кийип жүриў ядыңыздан көтерилмесин.

Қуяш нуры 12:00 ден 16:00 ге дейин жүдә белсенди ҳалатта болады. Соның ушын, усы ўақыт аралығында көшеге шығыўды режелестирмегениңиз мақул. Бирақ жағдай усы ўақыт аралығында көшеге шығыўға мәжбүр етсе, денениң ашық жерлерин қуяш нурынан сақлаўға ҳәрекет етиң.

Тез бузылатуғын азықлық өнимлерди сатып алмағаныңыз мақул. Өйткени, ыссы температурада бактериялар жүдә тез көбейеди. Бул болса зәҳәрлениўге алып келиўи мүмкин. Өзиңизди ҳәрқыйлы керексиз тәсирлениўлерден сақлаң, ҳәрқандай тәсирлениў күн өтип кетиў қәўпин арттырады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...