Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.07.2021 18:04
  • 952

Мақтанаман кәсибим менен

Мақтанаман кәсибим менен
Мақтанаман кәсибим менен,
Маған досларым ҳәўес етер.
Ушқыр ойлы балалар менен,
Кеўлим толып, көкке жетер.

Бала ушын жасаў бахытдур,
Балалыққа аңсат қайтарар.
Балалық – бул алтын тахтдур,
Қылықлары терең ой салар.

Реңлерди аңсат айырар,
Олар ушын булар дым қолай.
Сораў берсең, жуўап қайырар,
Иркилместен аңсат ҳәм оңай.

Ертек айтсаң тыңлар қунығып,
Кеўлинде жоқ ҳеш бир гирбиңи.
Балалықтан барар шынығып,
Қутлы қәдем таслап ҳәр күни.

Ҳәммеге де орын табылар,
Олар салған «үлкен қаладан».
Кеңпейилли уллы адамлар,
Шығып қалар усы баладан.

Алима Жумамуратова,
Қоңырат районлық МШББға караслы 1-санлы МШБШ тәрбияшысы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...