Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2021 13:44
  • 642

Вакцина алған студентлердиң контракт төлемине шегирме бериў тәртиби мәлим болды

Вакцина алған студентлердиң контракт төлемине шегирме бериў тәртиби мәлим болды
Коронавирусқа қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыўшы Республикалық арнаўлы комиссиясының 2021-жыл 3-июльдағы 75-санлы жыйналыс протоколына муўапық, коронавирус инфекциясына қарсы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан шаншылыўы зәрүр болған қәўип асты топарына киретуғын халық қатламы қатарына республикада жумыс алып барып атырған барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының бакалавиатура, магистратура, клиникалық ординатурада оқып атырған студентлери де қосылды.

Республикамыздағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған 18 жастан үлкен болған студентлер жазғы дем алыс даўамында турақлы жасаў орынларындағы аймақлық бирлемши медициналық санитариялық пункти (шаңарақлық поликлиника, орайлық поликлиника, аўыллық шаңарақлық поликлиникасы, аўыллық шыпакерлик пункти)нде шөлкемлестирилген шаншыў бөлмелерине студентлик гүўалықларын көрсеткен ҳалда мүрәжат етиўи мүмкин.

Коронавирусқа қарсы толық шаншыў басқышлары әмелге асырылғаннан соң студентлерге шаншылғаны ҳаққындағы сертификаттың электрон формасы бериледи.

Төлемли контракт тийкарында оқып атырған, коронавирус инфекциясына қарсы ықтыярлы түрде толық шаншылған студентлер өзлериниң шаншылғаны ҳаққындағы сертификатларын усы жылдың 1-октябрь күнине шекем (сол күни де) жоқары оқыў орнына усынса, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан барлық жоқары оқыў орынлары тәрепинен 2021-2022-оқыў жылы ушын белгиленген базалық төлемли контракт (стипендиясыз) суммасына 10 процент муғдарында бир мәртелик шегирме бонусы бериледи. Бул 2021-2022-оқыў жылында 1-курсқа студентликке қабыл етилгенлерге әмел етпейди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында