Бүгин, 9-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы жуўмақларына арналған «Ҳақ жол сизге, питкериўши!» атамасындағы онлайн форматтағы кеше болып өтти.
Кешени институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды. Илажда институт ректоры, физика-математика илимлериниң докторы Б.Отемуратов быйылғы оқыў жылында институттың бакалавриатура ҳәм магистратура басқышларын табыслы питкерип атырған жаслар, олардың ата-аналарын қутлықлап, халық хожалығының түрли тараўларында әмелге асыратуғын алдағы жумысларына табыслар тиледи.
Быйылғы оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бакалавриатурасының күндизги тәлим бағдарларын 1546, сыртқы бөлимин 643, екинши қәнигелик бойынша 37 студент, сондай-ақ, магистратура қәнигеликлери бойынша 167 магистрант питкерип шықты. Өткен оқыў жылында питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў көрсеткишлери бакалавриатурада 71,1%, ал магистратурада 80,4% ти қураған болса, быйылғы жылда бул көрсеткишлерди жоқарылатыў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўында: «Жаңа Өзбекстанды қурыўға бағдарланған улыўма халықлық ҳәрекет қатарларында сиз, әзиз жасларымыздың қүдиретли толқын болып ортаға шығып атырғаныңыз жоқары қоллап-қуўатлаўға ылайықлы есапланады. Әлбетте, жаслыққа тән болған күш-жигер ҳәм мәртликти, әзелий умтылысларды әмелий ҳәрекетке айландырып, үлкен нәтийжелерге ерисиў ушын инсан өз алдына анық мақсет қойып жасаўы керек», - деген еди.
Атап өтилгениндей, институт жаслары да усындай жақсы нәтийжелерди, жоқары шеклерди гөзлеп ҳәрекет етип келмекте. Олар арасында бүгинги күнде республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, пән олимпиадалары, Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән бириншиликлериниң жеңимпазлары, белгили спортшылар, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы халықаралық таңлаўлардың лауреатлары, өз кәсибиниң маманлары болып жетилисип киятырған жас педагог кадрлар бар.
- Институтта устазларымыз берген билим ҳәм көнликпелер нәтийжесинде халқымыз арасында жас бақсы сыпатында белгили болдым. Термиз қаласында өткерилген биринши халықаралық бақсышылық фестивалында ҳәм «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болдым. Сондай-ақ, «Шарқ тароналари» халықаралық фестивалында республикамыз көркем өнер шеберлери менен биргеликте қатнасып, устазларымыздан үйренген өнеримизди көрсетиўге еристим. Бүгинлигинде усы билим дәргайындағы устазларымызға миннетдаршылығым шексиз, - дейди белгили бақсы, республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлардың лауреаты, музыкалық тәлим бағдарының питкериўшиси Муҳаммед Төребеков.
Кешеде институт профессор-оқытыўшылары, факультет деканлары шғып сөйлеп, жасларға алдағы жумысларында табыслар тилеген болса, питкериўши студентлер ҳәм олардың ата-аналары да сөзге шығып, оқыў дәргайының пидайы профессор-оқытыўшылары ҳәм барлық жәмәәтине алғысларын билдирди.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Ю.Абсоатов, сондай-ақ, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы баслығы, «Дослық» ордениниң ийеси, сенатор А.Дәнияров онлайн тәризде қатнасты.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz