Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.07.2021 16:39
  • 682

Бозатаў және төрт районның абитуриентлери ушын мақсетли грант орынлары ажыратылды

Бозатаў және төрт районның абитуриентлери ушын мақсетли грант орынлары ажыратылды
2021-2022-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар күндизги бакалавриат тәлим бағдарларының қарақалпақ топарлары ушын улыўма 63 мақсетли грант орны ажыратылды.

Жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жасайтуғын абитуриентлер усы ажыратылған орынлар бойынша таңлаўда қатнасыўы мүмкин.

Атап айтқанда, мақсетли қабыллаў көрсеткишлери районлар кесиминде төмендегише белгиленген.

Бозатаў районы ушын:

5110200 – Физика ҳәм астрономия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын.

Мойнақ районы ушын:

5110100 – Математика ҳәм информатика тәлим бағдары қарақалпақ топарына 6 орын;
5110200 – Физика ҳәм астрономия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 3 орын;
5110300 – Химия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5110400 – Биология тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын.

Тахтакөпир районы ушын:

5110100 – Математика ҳәм информатика тәлим бағдары қарақалпақ топарына 2 орын;
5110200 – Физика ҳәм астрономия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5110300 – Химия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111700 – Баслаўыш тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын.

Төрткүл районы ушын:

5110100 – Математика ҳәм информатика тәлим бағдары қарақалпақ топарына 6 орын;
5110200 – Физика ҳәм астрономия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 4 орын.

Елликқала районы ушын:

5110100 – Математика ҳәм информатика тәлим бағдары қарақалпақ топарына 6 орын;
5110200 – Физика ҳәм астрономия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 2 орын;
5110300 – Химия тәлим бағдары қарақалпақ топарына 3 орын;
5110400 – Биология тәлим бағдары қарақалпақ топарына 2 орын;
5110600 – Тарийх тәлим бағдары қарақалпақ топарына 2 орын;
5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары тәлим бағдары қарақалпақ топарына 2 орын;
5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдары қарақалпақ топарына 1 орын;
5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары қарақалпақ топарына 3 орын;
5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили тәлим бағдары қарақалпақ топарына 3 орын.

Мағлыўмат ушын, мақсетли қабыллаў – бул белгили бир тәлим бағдарында белгиленген аймақлар ушын айрықша ажыратылған мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў болып табылады.

Яғный, жоқарыдағы районлар ушын ажыратылған орынларға басқа районларда жасайтуғын абитуриентлер мақсетли қабыллаўда қатнаса алмайды.

Соны есте сақлаў керек, әмелдеги тәртип бойынша мақсетли қабылланған студентлердиң басқа тәлим бағдары ямаса формасына, басқа жоқары оқыў орнына оқыўын көшириўи ҳәм қайта тиклеўи ҳаққындағы арзасы қанаатландырылмайды.

Мақсетли қабыллаў квоталары ушын төмендеги категориядағы абитуриентлер ҳүжжет тапсыра алады:

- мақсетли қабыллаў белгиленген аймақта турақлы жасайтуғынлар (паспорттағы мағлыўматы бойынша);
- улыўма орта мектепти питкергени ҳаққындағы тийисли ҳүжжетке ийе болғанлар (10-11-класслар тийкарында);
- орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматы ҳаққыдағы тийисли ҳүжжетке ийе болғанлар.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...