Қазақстан Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң хабар бериўинше, «Орда» (бурынғы «Silkway» халықаралық университети) ҳәм «Мирас» университетлериниң лицензиясы тоқтатылған.
Мәлим болыўынша, 2020-жылы университетлерде өткерилген тексериўлер нәтийжесинде бирнеше нызам бузылыў жағдайлары анықланған. Усы кемшиликлер сапластырылғанға шекем усы жоқары оқыў орынларының жумыслары тоқтатылған еди.
- Жоқары оқыў орынлары өткен 8 ай даўамында оқыў орынларында анықланған кемшиликлерди сапластырыўдың орнына комитеттиң қарары үстинен шағым етип келген. Бирақ, Шымкент қаласының районлар аралық қәнигелестирилген ҳәкимшилик судының қарарына муўапық, комитет қарары өз күшинде қалатуғын болды, - деп жазылған министрлик хабарында.
Сондай-ақ, министрлик хабарында жазылыўынша, алдын мәмлекеттеги Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бойынша бийғәрез агентлиги усы университетлердиң аккредитациясын тоқтатқан. Қазақстан нызамшылығына муўапық, бул жоқары оқыў орынларының питкериўшилерине диплом бере алмайтуғынын аңлатады.
- Қазақстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, билимлендириў жумыслары менен шуғылланыў ушын лицензияны бийкар етиў ямаса билимлендириў шөлкемин сапластырыў менен байланыслы жағдайларда шөлкемлестириўши студентлерди басқа билимлендириў шөлкемлерине өткериў илажларын көреди, - деп қосымша етилген хабарда.
Соны да қосымша етиў орынлы, өз мәмлекетинде лицензияға ийе болмаған ҳәм аккредитацияланбаған сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломлары Өзбекстанда тән алынбайды.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz