Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге дизимнен өтиў процесинде сайланған бакалавриат тәлим бағдарлары үстинлигине қарай дәслеп мәмлекетлик грант, кейин ала төлемли контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў бойынша қосымша имканият берилетуғыны ҳаққында алдын хабар берген едик.
Яғный, быйылғы жылдан баслап абитуриентлерге онлайн дизимнен өтиў ўақтында таңлаў ушын үстинликке ийе баслы бағдарлар сыпатында «мәмлекетлик грант» ямаса «мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт»тан бирин сайлаў имканияты жаратылады.
Бунда абитуриент үстинликке ийе баслы бағдарлар сыпатында:
— «Мәмлекетлик грант»ты сайласа – дәслеп мәмлекетлик грант, соңынан төлемли контракт тийкарында;
— «Мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт»ты сайласа – алдынғы жыллардағы сыяқлы мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында сайлаған тәлим бағдарлары бойынша избе-из таңлаўда қатнасыўы мәлим етилген еди.
Усы тәртип бойынша бизге көплеген абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен еле де анықлық киргизиў бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте. Сол себепли, биз Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қабыллаў комиссиясының баслығы Полатбек Калханов пенен сәўбетлесип, мәселеге анықлық киргиздик.
Биринши жағдай бойынша абитуриент «Мәмлекетлик грант» бағдарын белгилесе, дәслеп өзи сайлаған бесеўге (5) шекемги болған бакалавр тәлим бағдарлары бойынша избе-изликте тек ғана мәмлекетлик грант бойынша таңлаўда қатнасады.
Яғный, топлаған балы менен биринши сайлаған бакалавр бағдарына грантқа кире алмаса, екинши бағдарына, оған да грантқа кире алмаса, үшиншиси, кейин төртиншиси ҳәм бесиншисине қатнасады. Усы бағдарлардың бирине грант тийкарында кирсе, оқыўын сол бағдарда даўам еттиреди. Бунда сайлаған бағдарлардың избе-излиги әҳмийетке ийе болады. Яғный, биринши сайлаған бағдарына грант болса, екинши, үшинши ҳәм оннан кейинги сайлағанларында оқый алмайды. Егер биринши ҳәм екинши бағдарларда грантқа илинбей, үшинши, төртинши ҳәм бесинши сайлаған бағдарларында грантқа кирип турған болса, үшинши сайлаған бағдарында оқыйды.
Сондай-ақ, егер абитуриент «Мәмлекетлик грант» бағдарында избе-из сайланған бес бағдарда мәмлекетлик грантқа кире алмаса, соңынан және биринши сайлаған бағдарынан бесинши бағдарына шекем избе-изликте төлемли контракт бойынша таңлаўда қатнасады. Бул жерде де бағдарлардың избе-излиги, яғный қайсысы биринши, қай бири кейинги орынларда сайланғанына қарай үстинликке ийе болады. Абитуриент биринши ҳәм екинши бағдарға төлемли контрактқа кирген болса, биринши бағдарда, ал биринши ҳәм екинши бағдардан «жығылып», үшинши ҳәм оннан кейингилерине контракт тийкарында кирген болса, үшинши бағдарда оқыйды.
Сол себепли, бунда абитуриент тапсыратуғын бесеўге шекемги болған тәлим бағдарларын избе-из сайлаў мүмкиншилиги үлкен әҳмийетке ийе. Абитуриентлер усы избе-изликти дурыс ҳәм пуқта түрде сайлаўы керек. Өйткени, мысал сыпатында айтатуғын болсақ, биринши ҳәм екинши бағдарға мединститутты, үшинши ҳәм оннан кейинги бағдарларға аграр университетин сайлаған абитуриентлер тест нәтийжеси шыққаннан соң аграр университетине грантқа кирсе, кейин «оқымайман, бийкарға бос кетпесин деп сайлап едим» деп турса, кеш болыўы мүмкин. Себеби, ата-бабаларымыз айтқанындай, «Соңғы пушайман – өзиңе душпан».
Ал, екинши «Мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт» бағдары болса, өткен жылдағы тәртип бойынша ислеп шығылған. Яғный, абитуриент биринши сайлаған бакалавр бағдары бойынша дәслеп грантта, кейин контрактта өз әўметин сынап көреди. Буннан кейин усы тақылетте екинши, үшинши ҳәм оннан кейинги бағдарлар бойынша даўам ете береди. Бунда абитуриент биринши бағдарда контракт болып, екинши ҳәм оннан кейингилеринде грант болып турғаны менен, биринши сайлаған бағдарында оқый береди. Кейинги избе-изликлер де тап усындай тәризде даўам етеди. Бунда да абитуриентлердиң бакалавр тәлим бағдарларын өз билим ҳәм көнликпелерине қарап избе-изликте сайлаўы оғада әҳмийетли болып табылады.
Солай екен, абитуриентлерден ҳүжжет тапсырыўда усы бағдарларды белгилеўде оғада пуқта және итибарлы болыўын, «Жети өлшеп, бир кесиўин» сорап қалған болар едик. Өйткени, бул өз келешегин өзи белгилеў болып есапланады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz